Telegram karinform

Мәденият

  • 30.08.2019 10:38
  • 1592

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының еки студенти «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреаты болды

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының еки студенти «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреаты болды
Өзбекстан Республикасы Президентиниң жас талант ийелерин анықлаў, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў және мүнәсип хошаметлеў мақсетинде ҳәр еки жылда бир мәрте шөлкемлестирилетуғын «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының быйылғы лауреатлары анықланды.
Қуўанышлы тәрепи, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты музыкалық тәлим бағдарының еки студенти – Муҳаммед Төребеков ҳәм Әдилбек Бахтыбаевлар лауреатлар қатарынан орын алды.
Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының еки студенти «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреаты болды
29-август күни Ташкент қаласындағы «Халықлар дослығы» көркем өнер сарайында болып өткен салтанатлы сыйлықлаў илажында лауреатларға диплом ҳәм статуэткалар тапсырылды.
Мағлыўмат ушын, «Ниҳол» сыйлығының лауреаты болған Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти Муҳаммед Төребеков усы жылдың март айында Термиз қаласында болып өткен биринши Халықаралық бақсышылық фестивалында ашық даўыста дәстан айтыў жөнелиси бойынша 3-орынды ийелеген еди. Әдилбек Бахтыбаев та ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған жыраўшылық өнерин раўажландырыў ҳәм дүньяға танытыў мақсетинде шөлкемлестирилген бир қатар мәдений илажларда жоқары орынларды ийелеп келмекте.
Соны айырықша атап өтиў керек, усы күнге шекем Әжииняз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтынан улыўма 6 студент «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреаты болған.
Қолға киргизилип атырған бул нәтийжелер институтта Президентимиздиң бес басламасы шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслардың жоқары нәтийжеси болып табылады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

    ️Енди жоқары курслардағы өзлестириўи жақсы ҳәм социаллық белсенди студентлер толық ямаса белгили бир бөлеги муғдарында