Жақында Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен “Сайлаўлар: ғалаба стратегия ҳәм тактикасы” атамасында семинар-тренинг болып өтти, деп хабар берди O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси Баспасөз хызмети.
Онда партияның Қарақалпақстан Республикалық қала ҳәм районлық Кеңеси хызметкерлери, лекторлар, партия белсендилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Семинарды өткериўден мақсет усы жылдың декабрь айында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси ҳәм Халық депутатлары жергиликли Кеңеслери депутатлары сайлаўларында нәтийжели қатнасыў, партияның жәмәәтшилик тйикарындағы баслық орынбасарлары, электорта ўәкиллери, басланғыш партия шөлкеми баслықлары, үгит-нәсиятлаўшы лекторлардың сиясий саўатханлығын еледе асырыў, сайлаўалды үгит-нәсият жумысларында ғалаба хабар қуралларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша мәселелер сөз етилди. Жыйналыста сөзге шыққанлар болажақ сайлаўларға таярлық барысындағы жумысларды заман талапларынан келип шығып, улыўма басқаша, жаңаша ҳәм инновацион бағдарлар тийкарында қайтадан қурыў лазымлығынан дәлалат берип атырғанын көрсетип өтти.
Жыйналыс соңында усы жылы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Халық депутатлары жергиликли кеңеслерге болып өтетуғын сайлаўларға кызғын таярлықлар көриў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп алынды. Сондай-ақ жоқарыдағы сөз етилген мәселелер бойынша топарларға бөлинген ҳалда шынығыўлар алып барылды.