Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.09.2019 11:55
  • 1020

Ийт ҳәм пышықларды сақлаўда нелер қадаған етиледи?

Ийт ҳәм пышықларды сақлаўда нелер қадаған етиледи?
«Халық жасаў орынларында ийтлер ҳәм пышықларды сақлаў қағыйдалары» 2011-жыл Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланған. Усы қағыйдаларға муўапық:

- ийтлер ҳәм пышықларды улыўмалық аўқатланыў кәрханаларына, азық-аўқат дүканлары ҳәм басқа дүканлардың саўда және өндирислик залларына алып кириў;
- ийтлер ҳәм пышықларды көпшилик баратуғын орынларда (пляж, бассейн, фонтанларда ҳәм т.б.) шомылдырыў ямаса жуўыў;
- ийтлер ҳәм пышықларды улыўмалық пайдаланатуғын орынлар, подъездлер, шертеклер, жертөлелерде, сондай-ақ, асханалар, балконлар ҳәм улыўма пайдаланыўдағы басқа да орынларда сақлаў;
- қорғаўшы ийтлерди билимлендириў ҳәм медициналық мәкемелерде сақлаў;
- мәс ҳалдағы адамлар ҳәм 14 жастан киши болған балалардың ийтлерди сейилге алып шығыўы мүмкин емес.

Сондай-ақ, егер де ийттиң тумсықбаўы болса 2 метрге шекемги, ал тумсықбаўы болмаса 1 метрге шекемги арқан арқалы жетеклеп жүриўге рухсат берилген, деп жазбақта Togri.uz.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы