Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.10.2019 08:42
  • 1154

Миллиардерлер перзентлерин қалай тәрбиялайды?

Төменде миллиардерлер перзентлерин қалай тәрбиялаўы ҳәм ол қандай нәтийже берип атырғанлығын билип алыўыңызга болады.

1. Билл Гейтс, Microsoft компаниясының баслығы

Миллиардерлер перзентлерин қалай тәрбиялайды?

Билл ҳәм оның ҳаялы барлық пулларын өзлериниң қайырқомлық фондына бериўге, балаларын болса, тек дүньядағы ең жақсы билим менен тәмийинлеўге қарар еткен. Олардың пикиринше, усы жол арқалы балалар өз күши менен барлық нәрсеге ерисе алыўы мүмкин. Биллдиң ата-анасы да усындай жолды таңлаған екен. Олар жүдә бай болса да, баласын артықша еркелетпеген.

2. Уоррен Баффет, америкалы исбилермен

Миллиардерлер перзентлерин қалай тәрбиялайды?

Уорренниң пикиринше, балаларды басқарыўға ҳәрекет етип, өз изиңизден жүриўге мәжбүрлемеў керек. Олар қолынан не келетуғынлығын өзлери көрсетиўи лазым.
«Адамлардың ең көп ислейтуғын қәтеси пул жәрдеминде баланы анаў ямаса мынаў тәризде өзлерин тутыўға мәжбүрлеў. Мен балаларымды ҳеш нәрсеге: колледжди тамамлаўға, шыпакер ямаса юрист болыўға мәжбүрлемегенмен», – дейди исбилермен.

3. Амансио Ортега. «Zara», «Massimo Duti»диң баслығы

Миллиардерлер перзентлерин қалай тәрбиялайды?

Амансио әпиўайы турмыс тәризинде өскен ҳәм қызы Мартаны да усы тәризде тәрбиялаған. Амансио қызы 18 жасқа толыўы менен бизнести жақсырақ үйрениўи ушын оны сатыўшы-консултант сыпатында жумысқа жиберген. Соң ол Шанхайда ислеп шығарыў тараўында ислейди. Ҳәзир 26 жаслы Марта әкесиниң корпорациясын басқарыўға таярланбақта.

4. Жефф Безос, Amazon баслығы

Миллиардерлер перзентлерин қалай тәрбиялайды?

Amazon’ның бас директоры балалар ушын ең әҳмийетли нәрсе – ҳәр тәреплеме раўажланыў деп есаплайды. Оның пикиринше, Сингапур математикасы, қытай тили, фермаларда жанлы биология, аўқат писириўде тәжирийбе арттырыў, басқа балалар менен жарысыў ҳәм тағы басқалар оның тәрбия методының тийкарғы бөлимин қурайды.
Оның пикиринше, өмирди әмелде аңлаў керек. 25 жасыңызда дискриминатты есаплап, үйди оңлаўды билмесеңиз ямаса өмирлик жолдасыңыз бенен мүнәсибет орната алмасаңыз, бул жүдә күлкили жағдай.

5. Марк Цукерберг, Facebook’тың баслығы

Миллиардерлер перзентлерин қалай тәрбиялайды?

Цукерберг өз перзентлерин ата-анасының методы тийкарында тәрбиялайды: ҳеш қандай физикалық жазаларды қолланбаў, шахсты ҳәр тәреплеме раўажландырыў, кеўил көтериўге ўақыт табыў.

Аўдармалаған: Сахибжамал Есемуратова

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

    Пенсия қоры Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек екенлиги ҳаққында усыныслар

Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси

Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси

    Бүгинги күнде китап оқыйтуғын адамлар көпшиликти қураса да, технологиялар, соның ишинде интернет раўажланып, өмиримиздиң бир