
Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 2-курс студенти Динара Нуратдинова Туркия Республикасы Анкара қаласында қаланың 97 жыллығына арналған «Анкара клубы дернеги» халық аралық фестивалының ашылыўында қатнаспақта. Бул ҳаққында Динараның өзи Instagram социаллық тармағындағы бетинде хабарлады.



Буннан соң барлық қатнасыўшылар Туркий халықларды бирлестириўши Турксой Президенти менен ушырасқан. «Бул жыйналыста барлық Туркий халықлары ўәкиллери бир-бириниң миллийлиги менен жақыннан танысып, ҳәр бири өз өнерлерин көрсетти ҳәм қосықларын атқарды. Мен де Қарақалпақстан Республикасының атынан қатнасып, Қарақалпақ халық дәстаны «Алпамыс»тан Гүлпаршынның ариясын атқардым. Ушырасыў жоқары руўхта болып өтти», – деп жазады Динара.
Сахибжамал Есемуратова
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz