
Қазақ эстрадасының қосықшысы Ерке Есмахан өзиниң тек ғана Қазақстанда емес, дүнья еллери арасында белгили болған «Қайда?» қосығының даўамын иследи ҳәм оған клип түсирди. Қосық «KZ жигит» деп аталады. Бул ҳаққында Tengrinews хабар бермекте. Клип Youtube тармағында бир күнниң ишинде 300 мыңға шамалас мәрте көрилген. Төменде сиз бул клипти тамашалаўыңыз мүмкин.
Ерке Есмахан өзиниң «Қайда?» деп аталған қосығы менен көпшиликке таныс болып үлгерди. Оның усы қосығының клипи Youtube тармағында 30 миллионнан көп мәрте тамашаланған ҳәм өзине тән рекорд орнатқан.
Ислам Матеков.