Telegram karinform

Спорт

  • 14.10.2019 00:16
  • 1870

Қарақалпақстанлы самбошы қызлар жәҳән чемпионатында жеңимпаз болды

Қарақалпақстанлы самбошы қызлар жәҳән чемпионатында жеңимпаз болды

11-13-октябрь күнлери Ташкент қаласында самбо бойынша өспиримлер ҳәм жаслар ортасында өткерилип атырған жәҳән чемпионаты өз жуўмағына жетти. Оған дүньяның 40тан аслам мәмлекетинен күшли самбошылар қатнаспақта. Жарыс жуўмағына муўапық, өзбекстанлы самбошылар улыўмалық есапта 4 алтын, 8 гүмис ҳәм 15 бронза медалды қолға киргизди.

Қарақалпақстанлы самбошы қызлар жәҳән чемпионатында жеңимпаз болды

Жәҳән чемпионатына Қарақалпақстаннан жәми 6 қыз қатнасып, олардың барлығы өз салмақ категориялары бойынша жақсы нәтийжелерге еристи. Атап айтқанда, Умида Джуманиязова бул жәҳән чемпионатында 48 кг. салмақ пенен қатнасып, финалда Самбоның ўатаны есапланған Россиялы қарсыласына ҳеш қандай имканият қалдырмай сыйлы биринши орынды ийеледи. Сондай-ақ, Нөкис олимпия резервлери колледжиниң оқыўысы Несийбели Оразбаева 60 кг салмақ пенен, Индира Елмуратова 64 кг салмақ пенен қатнасып гүмис медалды жеңип алыўға еристи.

Қарақалпақстанлы самбошы қызлар жәҳән чемпионатында жеңимпаз болды

Қарақалпақстанлы самбошы қызлар жәҳән чемпионатында жеңимпаз болды

Гулсимай Бегдуллаева 44 кг салмақ пенен, Махигүл Комилжанова 70 кг салмақ пенен қатнасып, бронза медалды жеңип алды.

Қарақалпақстанлы самбошы қызлар жәҳән чемпионатында жеңимпаз болды

Қызлардың жеңимпаз болыўында тренерлери Байрам Досбергенов, Махсуд Пирниязов, Сансызбай Юсупов, Анвар Атахановлардың үлеси айрықша екенлигин атап өтиў керек.

Сахибжамал Есемуратова

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың:
https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Уқсас жаңалықлар

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында