Telegram karinform

Технология

  • 09.01.2020 17:51
  • 2854

«Боди-камера»ны ЖПХ инспекторы өширип қоя алады ма? Камераның өшик я қосылып турғанын қалай билиў мүмкин? (басқа да сораўларға жуўаплар)

«Боди-камера»ны ЖПХ инспекторы өширип қоя алады ма? Камераның өшик я қосылып турғанын қалай билиў мүмкин? (басқа да сораўларға жуўаплар)
Хабарыңыз бар, жол-патруль хызмети инспекторлары 2020-жылдың 1-январынан баслап «боди-камера», яғный мобиль камералар менен хызмет алып бармақта.
Қарақалпақстан Республикасы ушын 200 дана мобиль камера алып келинген болып, ҳәзирги күнде барлық жол-патруль хызмети инспекторлары жолларда мобиль камералар менен хызмет алып бармақта.
Көпшиликке белгили, халқымыз арасында бул жаңалық унамлы күтип алынған болса да, айырым пуқараларымыз арасында «Боди-камера»ны ЖПХ инспекторлары қәлесе қосып, қәлемесе өширип қояды» мазмунындағы гәп-сөзлер, сондай-ақ, мобиль камералар менен байланыслы бир қанша сораўлар көбеймекте.
Биз усы мазмундағы сораўларға анық жуўап алыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының баспасөз топары аға инспекторы, капитан Салаўат Қәллибековқа мүрәжат еттик.

«Боди-камера»ны ЖПХ инспекторы өширип қоя алады ма? Камераның өшик я қосылып турғанын қалай билиў мүмкин? (басқа да сораўларға жуўаплар)
ЖПХ инспекторы «боди-камера»ны қәлеген ўақытта өширип я қосып қоя ала ма?

«Боди-камера»ны ЖПХ инспекторы қосып ямаса өшире алмайды. Камералар азанғы ўақытта инспекторлар хызметке шығып атырғанда базадан тарқатылады. Сол жерден баслап мобиль камералар үзликсиз аудио ҳәм видео жазып алыў хызметин баслайды. Хызмет ўақты жуўмақланғаннан соң инспекторлар камераларды базаға алып келип, тапсырады.

«Боди-камера»ны ЖПХ инспекторы өширип қоя алады ма? Камераның өшик я қосылып турғанын қалай билиў мүмкин? (басқа да сораўларға жуўаплар)
Камераның өшик ямаса қосылып турғанын қалай билиў мүмкин?

Мобиль камера қосылып турған болса алдынғы тәрепиндеги кишкене шырағы өшип-жанып турады. Әдетте, бул шырақ жасыл реңде болады.

Мобиль камера қандай имканиятларға ийе?

Камералар батарейкаларының толық бир қуўатлылығы 8 саатқа жетеди. 8 сааттан соң батарейкалардағы қуўатлылық таўсылып қалса, оны рация арқалы зарядлаўға болады.
Қыстың қақаман суўығы, бәҳәр ҳәм гүздиң жаўын-шашынлы күнлери ямаса жаздың жәзийрама ыссысында да камералар өз жумысын толық, үзликсиз даўам ете береди.
Түнги ўақытлары 10-15 метр аралықты биймәлел анық, тынық етип видео ҳәм аудио жазыўға алады.
Мобиль камераның «А» ҳәм «В» түймелери де болып, «А» түймеси ЖПХ инспекторы ҳәм ҳәрекет қатнасыўшысы арасында тартыслы жағдайлар жүз бергенде, видео ҳәм аудио файлды 1 жылға шекемги мүддетте сақлаў имканиятын берсе, «В» түймеси «SOS» сигналы ўазыйпасын атқарады.
Мобиль камерада түнги жақтыландырыў (фонарик) имканияты да бар.
Камерадан рация сыпатында пайданалыўға да болады.
Жазып алынған аудио ҳәм видео файллар 1 ай мүддет даўамында сақланады.
Мобиль камералар ҳәм оларға жазып алынған көринислерди онлайн режимде базадағы қәнигелер бақлап барыўы мүмкин.

«Боди-камера»ны ЖПХ инспекторы өширип қоя алады ма? Камераның өшик я қосылып турғанын қалай билиў мүмкин? (басқа да сораўларға жуўаплар)
Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының баспасөз топары аға инспекторы, капитан Салаўат Қәллибековтың бизге мәлим етиўинше, Қарақалпақстан бойынша 3 орында – Нөкис қаласы, Хожели ҳәм Беруний районларында мобиль камераларды тарқатыў базалары жумыс алып бармақта. Басқа районлардағы ЖПХ инспекторлары усы 3 аймаққа жақын жайласыўына қарай мобиль камералар менен тәмийинленеди. Камераларды тарқатыў, жыйнап алыў, олардағы аудио ҳәм видео жазыўларды қадағалап барыў ушын қосымша штат бирликлери ажыратылған.
Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 1-декабрьдеги 975-санлы қарары менен тастыйықланған «Жол-патруль хызмети хызметкерлериниң жол ҳәрекети қатнасыўшылары менен өз ара мүнәсибетлери және арнаўлы қурылмалардан пайдаланыў тәртиби ҳаққында»ғы реже талапларына муўапық 2020-жылдың 1-январь күнинен баслап Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң барлық ЖПХ хызметкерлери хызметти мобиль камерадан пайдаланған ҳалда әмелге асырыўды баслады.

Ислам Матеков.
Автордың түсирген фотосүўретлери.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған