
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында ректорат ағзалары, факультет деканлары, кафедра ҳәм бөлим баслықлары, сондай-ақ, профессор-оқытыўшылар қатнасыўында кеңейтилген мәжилис болып өтти.
Онда институт ректоры Б.Отемуратов сөзге шығып, 2020-2024-жылларда институтта илимий-педагогикалық жумысларды еле де жетилистириў, бул бағдарда жоқары нәтийжелерге ерисиў мақсетинде 7 бәнттен ибарат «Жол картасы»н усыныс етти.
Бириншиден, институтты республикадағы жетекши илимий билимлендириў орайына айландырыў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларының бири болып табылады. Барлық илимлерди бир ўақыттың өзинде, бирден раўажландырыў имкансыз болғанлықтан, дәслеп математика, химия пәнлерин институт көлеминде раўажландырыў арқалы билимлендириў тараўы ҳәм халық хожалығы ушын жетик кадрларды таярлаў баслы мақсетлердиң бирине айланыўы кереклигин атап өтти институт ректоры. Сондай-ақ, усы жылдың апрель айында Нөкис қаласында математика пәнинен болып өтетуғын, соның менен бирге, химия пәни бойынша өткерилиўи күтилип атырған пән олимпиадасына мүнәсип таярлықлар көриў бойынша тийисли тапсырмалар берди.
Екиншиден, быйылғы жылы Нөкис қаласында ашылыўы жобаластырылып атырған «IT-парк» ушын институт көлеминде Трансформациялық технополис шөлкемлестириў мәселеси усынылды. Әлбетте, мәлимлеме технологиялары, әсиресе, робототехника бойынша елимизде тәжирийбели кадрларға болған талап жоқары. Соны есапқа ала отырып, институттың информатика, математика ҳәм технология бағдарларында ислеп атырған талапшаң, әсиресе, жас профессор-оқытыўшылар, илимий излениўшилерди Сибирь федераль университети ҳәм Беларусь миллий техникалық университетине 2 айлық тәжирийбе алмасыў және оқыўға жибериў жобаластырылмақта.
Үшиншиден, институт көлеминде барлық ҳүжжетлер айланысы менен байланыслы ҳәрекетлерди электрон көриниске өткериў, яғный «Электрон ҳүкимет»ке өтиў процесин жеделлестириў кереклиги атап өтилди. Б.Отемуратов бул арқалы қағазбазлық, айрым түрдеги, мәселен, студентлер оқып атырғаны ҳаққындағы ямаса төлемли контракт бойынша шәртнама алыў сыяқлы хызметлерди Интернет арқалы әмелге асырыў, мүрәжатларға өз ўақтында ҳәм нәтийжели усыл арқалы жуўаплар қайтарыў процеслериниң оптималласыўын және артықша әўерегершиликлердиң алды алынатуғынлығын билдирди. Ҳәзирги ўақытта институтта бул бағдардағы жумысларды дәслеп мониторинг ҳәм ишки қадағалаў бөлиминен баслаў бойынша жумыслар басланбақта.
Төртиншиден, институттың материаллық-техникалық базасының барлық қәлеўшилер, пайдаланыўшылар ушын ашық түрде ислеўин тәмийинлеў. Мәселен, институт китапханасы, яғный мәлимлеме-ресурс орайынан саат 17:00 ден кейин де пайдаланыў ушын саат 21:00 ге шекем, соның менен бирге, спорт ҳәм шуғылланыў залларының да жумыстан тыс ўақытта барлық қәлеўшилер, әсиресе, институт әтирапында жасап атырған халық ушын ашып қойыў мәселеси алға сүрилди. Буның ушын институттың жаңадан қурылып атырған имаратын да усы жылдың сентябрь айына шекем пайдаланыўға тапсырыў жобаластырылмақта.
Бесиншиден, халықаралық жоқары оқыў орынлары, әсиресе, дүнья жүзилик рейтинглерде илимий потенциалы жоқары болған оқыў орынлары менен байланысларды күшейтиў, профессор-оқытыўшылар, студент ҳәм илимий излениўшилерди алмасыў, қоспа факультетлер ашыў алдағы турған әҳмийетли мәселелерден болып табылады.
Алтыншыдан, институтқа оқыўға кириў нийетинде болған жаслар, соның менен бирге, оқыўға кирген жаслар менен байланыслы селекция, яғный сайлап алыў жумысларын алып барыў керек. Бунда институтқа оқыўға кирмекши болған жасларды институттың тәжирийбели профессор-оқытыўшылары менен биргеликте таярлаў ҳәм қайта таярлаў жумысларын абитуриентлик ўақыттан баслаў кереклиги, сондай-ақ, оқыўға кирген студентлерди дәслепки оқыў күнлеринен баслап өз бағдары бойынша терең оқытыў нәзерде тутылмақта.
Жетиншиден, институттың экономикалық эффективлилигин көтериў ушын исленетуғын жумыслар белгиленди. Ҳәзирги ўақытта жоқары оқыў орынларының қәрежетлери 20-25% әтирапында мәмлекетлик бюджеттен, ал қалған 75-80% қәрежетлер контракт есабынан келип түсетуғын қаржылар есабынан төленип атырғаны ҳеш кимге сыр емес. Соның менен бирге, соңғы ўақытларда айырым жоқары оқыў орынлары өзин-өзи қаржыландырыў системасына өтип атырғанлығын есапқа алсақ, институт көлеминде айырым бир-бирин қайталайтуғын кафедралар ҳәм бөлимлерди бирлестириў мәселесин көрип шығыў керек. Бул арқалы жумыслардың нәтийжелилиги еле де артып, үнемленген қаржылар институттың илимий потенциалын ҳәм материаллық-техникалық базасын жетилистириў, сапалы педагог кадрларды жетилистирип шығарыў жумысларына жумсалыўы белгиленген.
Сондай-ақ, институт ректоры Б.Отемуратов ҳәр бир факультеттиң рейтинг көрсеткишлерин қәлиплестириўди турақлы түрде алып барыў, жоқары нәтийжелерди қолға киргизген факультетлерди хошаметлеў бойынша өз усынысларын билдирди.
Билдирилген усыныслар мәжилис қатнасыўшылары тәрепинен мақулланды ҳәм академик Ж.Базарбаев және басқа да тәжирийбели профессор-оқытыўшылар сөзге шығып, өзлериниң пикирлери және усынысларын билдирди.
Мәжилисте Б.Отемуратов институттың өткен жылдағы Өзбекстан көлеминде ислеп шығылған жоқары оқыў орынлары рейтингинде төмен көрсеткишлерге ийе болғаны, тараўда орын алып атырған коррупциялық жағдайлар, сондай-ақ, илимий изертлеў жумысларында айырым профессор-оқытыўшылардың нәтийжелериниң төмен екенлиги бойынша сын көзқарастан анализ жасап, бундай унамсыз жағдайларды сапластырыў бойынша анық тапсырмалар берди.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz