Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.04.2020 16:22
  • 1121

Қарақалпақстан 81 адамның өлимине себепши болған 1965-жылдағы эпидемияны қалайынша жеңген еди?

Қарақалпақстан 81 адамның өлимине себепши болған 1965-жылдағы эпидемияны қалайынша жеңген еди?
Қарақалпақстанда 1965-жылы тарқалған холера эпидемиясы пүткил бурынғы Аўқамды ләрзеге келтирди. Сол жылы июнь-июль айларында диарея менен аўырған наўқасларды қабыллаған жергиликли медицина хызметкерлери август айының басына шекем бул кеселликтиң холера екенлигин билмеген. Хош, бул эпидемия қалай пайда болған ҳәм карантин жағдайы қанша ўақыт даўам еткен еди?

Бул ҳаққында ӨзА хабаршысы Есимқан Қанаатовтың жәриялаған мақаласын қарақалпақ тилине аўдармалап, сизиң итибарыңызға усынып атырмыз.


Карантин сөзи тийкарынан италян тилинен алынған болып, «қырық күн» деген мәнисти аңлатады. Карантинниң өзи де Италияда дәслеп XIV әсирде қолланылған. Сол ўақытта чума тарқалған елден келген кеме 40 күнге шекем жағаға жақынластырылмастан теңизде услап турылған.

- Қарақалпақстанда 1965-жылдағы холера эпидемиясы ўақтында карантин жағдайы 10-августтан басланып 17-октябрьде жуўмақланды, яғный еки айдан көбирек ўақыт карантин енгизилди, - дейди Өзбекстан Врачлар ассоциациясының Қарақалпақстан бөлими баслығы Әбдикәрим Мәмбеткәримов. – Биз ол ўақытта Ташкент педиатриялық медицина институтында 5-курста оқыйтуғын едик. 6-август күни биз Шыршықта әскерий дала әмелиятында едик. Бир ўақыт жанып-өшип турған шырақлары бар әскерий машиналар келип, ишинен өзгеше кийинген әскерлер бизлерге арнаўлы тапсырма бойынша келгенин айтып, артықша жүк алмай тек ғана керекли нәрселерди алып, дәрриў машиналарға миниўимизди буйырды. Соң 250 студент (тек ғана ер жигитлер) әскерий самолётларға миндик. Қай жерге баратырғанымызды билмейтуғын едик. Сорасақ, ҳеш ким айтпады. Барғаннан соң билип аласыз, деди. Бир ўақытта Нөкиске жақынласқанымызды дәрриў билдик. Нөкисте арнаўлы жерлерге орналастық. Билсек, Қарақалпақстанда холера эпидемиясы тарқалған екен. Студентлерди районларға эпидемиолог врач сыпатында бөлистирди. Мен Кегейли районының Энгельс совхозына бириктирилдим. Усы посёлкада мыңнан аслам үйде төрт ярым мың адам жасайтуғын болса, сонша адамға 35 койкалы бир емлеўхана ҳәм онда бир врач және еки мийирбийке хызмет көрсететуғын еди.
Карантин әскерий тәртипте әмелге асырылды. Районлар, аўыллар арасында қатнаўлар тоқтатылды. Барлық өтиў орынларын әскерлер қадағалап турды. Сол жыллары аўылларда адамлардың санитариялық-гигиеналық нормаларға әмел етиў дәрежеси оғада төмен еди. Үйлерде әпиўайы ҳәжетхана да жоқ еди. Бизлердиң тийкарғы ўазыйпамыз ҳәр бир үйде ҳәжетхана болыўын тәмийинлеў болды ҳәм бул бойынша ҳәр күни орайлық штабқа есап берип бардық. Барлық үйлерге дезинфекциялаў қураллары бийпул тарқатылды. Аўылларда ол ўақытларда қара шыбын ҳәдден тыс көп еди. Сол жылы санитариялық-гигиеналық ҳәм эпидемияға қарсы қолланған илажларымыз нәтийжесинде эпидемияны тарқатыўшы қара шыбынлар да жоқ етилди.
Ол ўақытларда көпшилик үйлердиң асханасы ҳәм жатақханалары араласып атыр еди. Биз ҳәр бир үйге бирме-бир кирип, үйлерди дезинфекциялаў тәртиплерин, асхананы ҳәм ыдыс-табақларды таза услаўды, қолларды тез-тезден сабынлап жуўып турыўды (тийкарынан аўқатланыўдан алдын), ҳәжетханаларға хлорлы ҳәк сеўип турыўды үйретип бардық. Бир сөз бенен айтқанда, 1965-жылдағы эпидемияға қарсы исленген илажлар халықты мәдениятқа, тазалыққа әмел етиўге үйретти, деп айтыў мүмкин.
Эпидемия ўақтында СССР Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Аветик Бурназянның жеке өзи Нөкисте болып, пүткил Аўқамнан тәжирийбели медицина қәнигелерин Қарақалпақстанға келиўин тәмийинлеген. Ол Нөкисте партияның жыйналысын өткерип, сол ўақытта Қарақалпақстан АССР Денсаўлықты сақлаў министри Рейп Бабаназаровты холера эпидемиясының тарқалыўында айыплап, оны жумыстан босатыўды ҳәм партиядан шығарыўды, сондай-ақ, жынайы жуўапкершиликке тартыўды усыныс еткен. Бирақ, сол ўақытта Қарақалпақстан обкомының биринши хаткери Қәллибек Камалов буған жол қоймаған. Заманласларының еске түсириўинше, Рейп Бабаназаров усы жыйналыстан соң қатты түскинликке түскен ҳәм бир күнниң ишинде қара шашлары ағарып кеткен. Бирақ, холера эпидемиясының сапластырылыўында бул адамның мийнетлери көп екенлиги айтылады.
Рейп Бабаназаровтың 1967-жылдағы қорғаған диссертациясында холера эпидемиясы ҳаққында төмендегилер мәлим етилген.
1965-жылдың июль айында Қарақалпақстанның бир неше районларында күшли диарея дизимге алына басланды. 12-июль күни «Совет Қарақалпақстаны» колхозында жасайтуғын 35 жаслы К.М. көп қусыў ҳәм бийҳуш ҳалда Нөкис қалалық емлеўханасына жатқарылды. Бир күн алдын ол аэропорт жақынындағы көлге шомылып, аэропорт ресторанында аўқатланған екен. 15- ҳәм 17-июль күнлери және еки қоңсы ҳаял күшли диареядан қайтыс болады. Олардың бириниң ағайини Нөкис аэропортында ислейтуғын екен ҳәм 15-июль күни оған «созылмалы гастриттиң күшейиўи» диагнозы қойылған. Бир ҳәпте өткеннен соң сол көшеден және бир ҳаял күшли ишек кеселлигинен қайтыс болады. Кейин оның алдына келген адам да наўқасланады және ол өз гезегинде улына, әжағасына ҳәм ҳаялына да кеселликти жуқтырған. Үш күннен соң үшеўи де қайтыс болған.
Қарақалпақстан 81 адамның өлимине себепши болған 1965-жылдағы эпидемияны қалайынша жеңген еди?
Кегейли районының Жданов атындағы совхозында жасайтуғын 70 жаслы кемпир апа аэропортта ислейтуғын агайининиң үйинде бираз ўақыт болып қайтқаннан соң, 30-июльда күшли ишек кеселлигинен қайтыс болады. Оның жаназасына қатнасқан және еки ҳаял 4 күн өткеннен соң усы кеселлик ақыбетинде өмирден көз жумған.
Солай етип, эпидемияның тарқалыўы Нөкис аэропорты әтирапында болған, бирақ бул ўақытта холера аймақтың көплеген жерлерине тарқалып кеткен еди.
Август айының басына келип, өлимшилик пенен жуўмақланып атырған күшли диареяның көбейиўи Қарақалпақстан денсаўлықты сақлаў уйымларын тәшўишке салды. Ғалабалық кеселликлер пахтаға себилген пестицидлерден зәҳәрлениў сыпатында қабыл етилди. 6-август күни инфекционистлер ҳәм эпидемиологлар топары Нөкиске келди. Кегейли, Шымбай районлары ҳәм Нөкис қаласындағы емлеўханалардағы наўқасларды көрип, консультантлар оларға «грипп» (!) ҳәм «пестицидтен зәҳәрлениў» деп болжаўлы диагноз қойды. Бактериологиялық тексериўлер өткерилмеди.
Сол ўақытта холера лабораториясы тәрепинен алынған материалды үйренген Орта Азия Холераға қарсы институтының Эпидемиологиялық бөлиминиң хызметкери В.Л.Семиотрочев бул кеселликтиң холера екенлигин тастыйықлаған.
Бирақ, сол ўақытта жуўапкерлер бул кеселликтиң холера екенлигин бийкарлаўға ҳәрекет еткен. «Совет Қарақалпақстаны Ҳиндстан емес ҳәм бизлерде холера жоқ. Совет ҳақыйқатына дақ түсиретуғын бундай диагнозды усыныс еткенлерге тийисли санкциялар қолланыў керек!» деп қорқытыўға шекем барған. Солай болса да, бул жағдай айрықша илажларды көриўди талап етти ҳәм 8-августта кеселликтиң холера екенлиги ҳүкиметлик дәрежеде рәсмий тән алынды.
10-августтан баслап Қарақалпақстан бойлап карантин енгизилди. Республикаға 1380 медицина хызметкери, соның ишинде, 460 шыпакер, 548 медициналық жәрдемши, 269 медицина тараўы студентлери, 103 фармацевт ҳәм басқалар келген. СССР денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары А.И.Бурназян болса СССР Министрлер Кеңесиниң айрықша ўәкили етип тайынланды. СССР Медициналық илимлер академиясының толық ағзасы, профессор Н.Н.Жуков-Вережников бактериологлар, жуқпалы кеселликлер бойынша қәнигелер ҳәм денсаўлықты сақлаў шөлкемлериниң кеңесгөйлер топарын басқарды.
Холера патогенин жуқтырған адамлар анықланған барлық посёлкалар холера ошақлары деп жәрияланды. Жергиликли медициналық бирлеспелердиң бас врачлары ошақ баслықлары етип тайынланып, оларға анық аймақлар бойынша холераға қарсы илажларды өткериў буйырылды.
Кеселлик ҳәўиж алған аймақлар әскерлер ҳәм милиция тәрепинен қоршап алынды. Автомобиль жоллары, темир жол станциялары, аэропортлар ҳәм дәрья портларында қадағалаў-өткериў пунктлери ҳәм санитариялық-карантин пунктлери шөлкемлестирилди. Карантин аймағына кириў ҳәм шығыў тек ғана арнаўлы рухсатнама тийкарында әмелге асырылды.
Холераға қарсы көрилген барлық илажлар нәтийжесинде Қарақалпақстанда бир ай ишинде бул кеселлик сапластырылды.
Бул СССРда холераның ғалабалық тарқалыўына қарсы гүрестеги биринши тәжирийбе еди.
1965-жылдағы тарқалған холерада Қарақалпақстан бойынша 81 адам қайтыс болған.
- Коронавирусты да биз тез арада жеңемиз. Коронавирус пенен холераның парқы сонда, холера асқазан арқалы өтеди, яғный патас қол менен аўқатланыў арқалы жуғыўы мүмкин. Коронавирус болса ҳаўа арқалы да жуғады. Сол себепли ҳәзирги ўақытта Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми ҳәм ҳүкиметимиз тәрепинен усыныс етилип атырған барлық сақланыў қағыйдаларына толық әмел етиўимиз зәрүр. Көпке келген тойды тәртип пенен жеңемиз, - дейди Өзбекстан Врачлар ассоциациясының Қарақалпақстан бөлими баслығы Әбдикәрим Мәмбеткәримов.

Аўдармалаған: Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

Уқсас жаңалықлар

Көп балалы шаңарақ деп қандай шаңараққа айтылады?

Көп балалы шаңарақ деп қандай шаңараққа айтылады?

    Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 41-статьясына муўапық, төрт ҳәм оннан көп он сегиз жасқа толмаған баласы

Жәмийетлик орынларда темеки шексеңиз, жәрийма төлейсиз

Жәмийетлик орынларда темеки шексеңиз, жәрийма төлейсиз

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 561-статьясына бола, жумыс орынларында, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, спорт-саламатластырыў мәкемелеринде, өрт шығыў қәўпи...

Наўқасқа тез медициналық жәрдем көрсетпеген шыпакерлерге жуўапкершилик бар

Наўқасқа тез медициналық жәрдем көрсетпеген шыпакерлерге жуўапкершилик бар

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 591-статьясына бола, өмири яки денсаўлығы ушын қәўипли жағдайда болған шахсқа медицина