Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.04.2020 11:39
  • 1172

Пенсионерлердиң пластик карталарынан пулларды өзлестирмекши болғанлардан абайлы болың! Олар адамларды қалай алдаўы мүмкин?

Пенсионерлердиң пластик карталарынан пулларды өзлестирмекши болғанлардан абайлы болың! Олар адамларды қалай алдаўы мүмкин?
Мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникациялар тараўында қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясының хабар бериўинше, сырт еллерде алдаўшылардың банк атынан қоңыраў етип, кем тәмийинленген шаңарақлар ушын қайырқомлық акциясы өткерилип атырғаны ҳаққындағы мағлыўматларды өзлестириўге ҳәрекет етиўи, карта номери ҳәм оның әмел етиў мүддети ҳаққында сораўы, SMS-хабар арқалы келген қупыя кодты билип алып, кейин ала олардың электрон есап бетиндеги пулларды өзлестириў жағдайлары ушырасыўы мүмкин екенлиги айтылмақта.

Алдын социаллық тармақларда «Өзбекстанда ҳәр бир пуқараға ҳәптесине 300 мың сумнан берилиўи» ҳаққындағы «фейк» хабарлар тарқатылған еди. Бул хабарлардың жалған ҳәм ҳақыйқатқа туўра келмейтуғынлығы мәлим етилген еди.

Халықтың электрон қаржыларды басқарыўды оншелли жақсы өзлестирмеген қатламы, яғный пенсионерлер ҳәм майыплығы болған адамларда банк пластик карталары санының көбейиўи ақыбетинде жынаятшылардың ҳәр қыйлы жоллар менен алдаўшылық етип, банк пластик карталарының номерлерин билип алыўы, өзин социаллық хызметлер атынан сораў жиберип, карантин ўақтында картаға арнаўлы социаллық жәрдем пулын түсирип бериўди ўәде етип, адамлардың пулларын өзлестириўи мүмкин.

«Ўзкомназорат» мәмлекетлик инспекциясы пуқаралардан алдаўшылардың усы сыяқлы «фейк» SMS-хабарларына алданып қалмаўын, жеке мағлыўматларды ҳәм арнаўлы мәлимлемелерди социаллық тармақларда тарқатпаў, танымаған, билмеген адамларға бермеўди, кексе жастағы жақын адамларды да усы сыяқлы қәўипли ҳәрекетлер ҳаққында ескертиўди, коронавирус пандемиясына қарсы гүресиўде ҳүкимет тәрепинен әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққындағы хабар және жаңалықларды рәсмий ямаса исенимли дәреклерден алыўды сорайды.

Ислам Матеков.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы