Қарақалпақ театр сəниятының қəлиплесиўи ерте заманлардан саға алған болса да, оның жан-жақлама жетилискен, дүнья жүзи театрларының жетик үлгилеринен өрнек алып, қəд тиклегенине енди ғана бир əсирге шамаласты. Усы ўақытлар ишинде қарақалпақ театр сəнияты излениўшилик ҳəм дөретиўшиликтиң машақатлы ҳəм жемисли жолларын басып өтти. Бул аралықта қарақалпақ драматурглери тəрепинен еки жүзге тарта ири шығармалар жазылды. Жəҳəн ҳəм орыс классикасының ҳасыл дүрданаларынан, туўысқан халықлар драматургиясы менен жергиликли авторларымыздың дөретпелеринен бес жүзге жақын спектакльлер сахна жүзин көрди. Терең мазмунлы, көркемлик дəрежеси жоқары, қунлы спектакльлери, актёрларымыздың атқарыў шеберлиги менен тамашагөйлерге заўық бағышлаўда, халқымыздың руўхый мəдениятын көтериўде, журтшылықты эстетикалық жақтан тəрбиялаўда миллий театрымыз тарийхында өшпес излер қалдырған, пидайы дөретиўшилик мийнетлери менен ел-журттың ҳүрмет-иззетине бөленген атақлы актёрлар, режиссерлар, сүўретшилер, драматурглер ҳəм сазгерлер өсип жетилисти. Солардың бири қарақалпақ милий театр сəниятының көрнекли ғайраткери, актёр, режиссер, драматург, аўдармашы ҳəм илимпаз – Өзбекстан халық артисти, Бердақ атындағы Қарақалпақ мəмлекетлик сыйлығының лауреаты Төреш Алланазар улы Алланазаров болды.
1916-жылы Қарақалпақстанның арқа аймағында, тарийхый Қоңырат жеринде дүньяға келген Төреш Алланазар улы аўыл мектебинде хат таныўдан баслап, жаңа заман оқыў орынларында тəлим алған, өз кəсибин оқытыўшылықтан баслаған ҳəм миллий театрды раўажландырыў исине белсене ат салысқан миллет пидайыларының бири сыпатында дəўир жүгин көтерген азаматлар қатарында ат қалдырды.
1934-жылы Мəскеўдеги А.В.Луначарский атындағы мəмлекетлик театр институтының қарақалпақ студиясы ашылыўы менен, оған қабылланған жаслар арасында болажақ талант ийеси Төреш Алланазар улы да бар еди. Усы жоқары оқыў орнын табыслы тамалаған болажақ талант ийеси дəслеп киши сахналарда, соңынан үлкен театрларда өзиниң актёрлық шеберлигин ҳəр қырынан көрсете баслады. 1940-жылдан баслап режиссураға да белсене араласты. Т.Алланазаровтың сахналастырыўында 1940-1941 жыллардағы театр мəўсиминде Г.Мдиванидиң «Намыс» (1940 ж., октябрь), Ҳамзаның «Майсараның ҳийлеси» (1940 ж., декабрь), «Ким туўры?» (1941 ж., январь), М.Горькийдиң «Васса Железнова» (1941 ж., март) спектакллериниң қойылыўы студияшылардың театрдағы дөретиўшилик салмағының əдеўир басым болғанлығын дəлиллейди. Бул шығармалардың ҳəммеси де драма жанрында, барлығы да аўдарма болғаны менен де, «Майсараның ҳийлеси» – өзбек классикасынан, «Васса Железнова» – орыс классикасынан, ал «Намыс» – заманагөй темадағы грузин драматургиясынан болып, түрли характердеги үш халықтың турмысын қарақалпақ сахнасында сəўлелендириў арқалы театр да, режиссер да үлкен утысқа еристи.
Урыс дəўириниң қатал талапларына сəйкес, Қарақалпақ театры өзиниң жумыс жобаларын, ис илажларын, репертуарлар қурамын қайта қарап шығыўға мəжбүр болды. Теартда концерт бригадалары шөлкемлестирилип, халықтың руўхын көтериў мақсетинде аўылма-аўыл жүрип ойынлар қойды, олардың бағдарламасында патриотлық идеядағы миллий ҳəм туўысқан халықлардың қосықлары, шоқ ойынлары орын алды. Т.Алланазаров сахналастырған Н.Дəўқараевтың «Алпамыс» (1942-ж., ноябрь), К.Симоновтың «Орыс адамлары» (1942 ж., декабрь), Ж.Аймурзаевтың «Лейтенант Елмуратов» (1943 ж., ноябрь), К.Яшинниң «Əптапхан» (1945 ж., май) спектакллери халық кеўилинен шықты.
Өз билимин жəне де жетилистирип барған Т.Алланазаров тəжирийбели маман сыпатында 1951-1959 жыллары Қарақалпақ мəмлекетлик музыкалы драма ҳəм комедия театрының бас режиссеры болып иследи. Бул жыллар Ташкенттеги өзи тəлим алған театр институтын питкерип келген жас қəнигелер – Ш.Өтемуратов, А.Жүгинисов, З.Пиязов, А.Əбдалиев, А.Жүзимбетов, А.Хожаназаров, Б.Қурбанов, Б.Турсынов, А.Еримбетовлар бас режиссерға театрдың жумысын еле де жақсылаўда, сахна мəдениятын арттырыўда пикирлес ҳəм мəслəҳəтлес жəрдемшилер болды.
Көпқырлы талант ийеси Т.Алланазаров 1940-1960 жыллар аралығында дүнья жүзи халықларының классикалық драматургиясы менен жергиликли авторлардың ҳəрқыйлы жанрдағы ҳəм темадағы отыздан аслам шығармаларын табыслы сахналастырды жəне актёрларымыздың атқарыў шеберлигин арттырыўда, улыўма Қарақалпақстанда театр мəдениятын раўажландырыўға өзиниң өлшеўсиз үлесин қосты.
Драматург сыпатында Т.Алланазаровтың қəлеминен шыққан «Ғəрип ашық» (А.Бегимов пенен бирге), «Рəўшан» (Ж.Аймурзаев пенен бирге) пьесалары мəмлекетлик театрда, «Торышаның дузағы» ҳəм басқа да атамалардағы 5-6 ири жəне киши көлемли шығармалары халық театрлары менен ҳəўескерлер сахналарында қойылды.
Т.Алланазаров қəнигели аўдармашы сыпатында Г.Мдиванийдиң «Намыс» (1940 ж.), М.Горькийдиң «Душпанлар» (1940 ж.), «Васса Железнова» (1941 ж.), Г.Мүсиреповтың «Қыз Жипек» (1950 ж.), А.Каҳардың «Жаңа жер» (1952 ж.), И.Дьяоновтың «Жасаўлы той» (1953 ж.), Ив. Франконың «Урланған бахыт» (1954 ж.), Мольердиң «Тартюф» (1956 ж.), Э.Раннеттиң «Адасқан ул» (1960 ж.) ҳəм басқа да пьесаларды қарақалпақ тилине аўдарып, миллий театрымыздың репертуарын байытты [2, 4].
Сəният тараўында өзин танытқан қəниге Т.Алланазаров өнердеги жолын илим менен байланыстырып, қарақалпақ театрының қəлиплесиў басқышларын изертлеў исине де кеўил бөлди. Усының нəтийжесинде 1964-жылы «Қарақалпақ театрының раўажланыў жоллары» атлы темада диссертация жақлап, сəнияттаныў илимлериниң кандидаты деген илимий дəрежеге ийе болды. Миллий театрымыздың тарийхы менен раўажланыў жолларын, қарақалпақ драматургиясының сахналасыў проблемаларын изертлеўши илимпаз сыпатында Т.Алланазаров бирнеше монографиялар, илимий очерклер, мақалалар ҳəм рецензиялар жазып қалдырды.
Изертлеўшиниң «Театр ҳəм драматургия» (1982), «Қарақалпақ драматургиясы тарийхының айырым мəселелери» (1987) атлы мийнетлеринде 1917-1970 жыллардағы қарақалпақ театры менен драматургиясының қəлиплесиў ҳəм раўажланыў жолларындағы пəсли-бəлентликлери, кемшиликлери менен жетискенликлери илимий-теориялық көзқарастан талланып, тийисли жуўмақлар шығарылған. Алымның «Қарақалпақстанда мəдений ағартыў мəкемелериниң қəлиплесиў негизлери» (1917-1985 жж.), «Қарақалпақ театрында миллий режиссураның қəлиплесиўи» (1996) сыяқлы мийнетлери мəденият мəкемелеринде ҳəм оқыў орынларында баҳалы қолланба хызметин атқарып киятыр [5, 3].
Серли изертлеўши қарақалпақ театрының түпки тамырларын миллий салт ойынларынан, халық тамаша өнеринен, балалар фольклорынан излеп, оны айқын ҳəм дəстиярлы мысаллар менен дəллилеп берди. Замангөй театрдың да қəлиплесиў дəреклерин тыянақлы изертлеп, ири сүйекли шығармаларды таллаўға тартты [3, 5].
Өзиниң саналы өмирин қарақалпақ театры менен байланыста өткерген сəният пидайысы Т.Алланазаров республикамыздағы илимий мəкемелерде илимий хызметкер, сектор баслығы, мəмлекетимиздиң жоқары оқыў орынларында кафедра меңгериўшиси, Қарақалпақстанның Мəденият ислери бойынша министри лаўазымларында ислеп жүргенинде де, миллий мəдениятымызды раўажландырыўға, кадрлар таярлаўға салмақлы үлес қосып, ҳақыйқый халық перзенти екенлигин өз жумыслары менен көрсетти.
Республикамыздың жəне мəмлекетимиздиң бирқанша ҳүрметли атақлары менен жоқары сыйлықларына ийе болған Төреш Алланазар улы – шынында да ел сүйген, халық қəдирлеген зəбердес талант ийелериниң бири еди ҳəм иси де, исми де өзинен кейингилерге өрнек болып қалды.
Жолдасбай ТУРДЫМУРАТОВ,
Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы жанындағы «Халық даналығы» фолькклубы ағзасы, сәнияттаныўшы.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz