Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.05.2020 15:50
  • 1012

Жаңа тарийхый дәўирде раўажланып атырған медицина

Жаңа тарийхый дәўирде раўажланып атырған медицина
Бүгин дүньяның раўажланған мәмлекетлери менен тең кәдем таслап атырған жанажан ўатанымыз – Өзбекстанда халқымыздың бүгинги ҳәм ертеңги күнин жақсылаў, өз турмысынан разы болып жасаўын тәмийинлеў мақсетинде үзиликсиз илажлар әмелге асырылмақта. Әсиресе, соңғы 3-4 жылдың ишинде алып барылып атырған кең көлемли реформалар елимиздеги барлық тараўларды өз ишине қамтып алып, мәмлекетимиздиң жаңаланыў жолындағы жаңа тарийхын баслап бермекте. Ҳәзирги күнде барлық тараўларға Президентимиз тәрепинен үлкен итибар қаратылып, елимиз тәғдирин белгилеўши қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилмекте. Сол қатары медицина тараўында да. Әлбетте, кешеги медицина менен бүгингиси әдеўир парқ қылады. Раўажланған дәўирде, раўажланған медицина.
Бүгин Өзбекстан медицинасы жаңа раўажланыў басқышында бармақта. Буны бир ғана Қарақалпақстан мысалында алып қарайтуғын болсақ, қысқа ўақыт ишинде барлық районларда медицина мәкемелери жаңадан қурылып, реконструкция исленди, материаллық-техникалық базалары жаңаланды. Ең әҳмийетлиси, бул мәкемелер жаңа заманагөй медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлениўи, денсаўлығынан шағым етип келген пуқараларымызға тез диагноз қойыў ҳәм ўақтында емлеў имканиятын бермекте. Сондай-ақ, кадрлар таярлаў системасында да нәтийжели жумыслар қолға алынған. Республикамызда медицина кадрларын таялаўшы бирден-бир жоқары окыў орны есапланған Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филиалы Президентимиздиң арнаўлы қарары менен Қарақалпақстан медицина институты болып қайта шөлкемлестирилди. Алдын филиалда 7 бакалавриат, 3 магистратура ҳәм 30 ординатура қәнийгеликлери бойынша студентлер билим алатуғын болса, институт болып қайта шөлкемлестирилгеннен соң, бакалавриатта «халық медицинасы», «клиникалық психология», «дефектология» ҳәм «биомедицина инжинерлиги», магистратураға «онкология», «эндокринология», «терапия» бағдарлары киргизилди.
Институт қасында шөлкемлестирилген жаңа клиника болса, студентлердиң теорияны әмелият пенен теңдей алып барып, жетик қәнигелер болып жетилисип шығыўына хызмет етеди. Бул клиникада дүньяның раўажланған мәмлекетлери Россия, Қубла Корея, Австрия сыяқлы бир неше мәмлекетлеринен тәжирийбели қәнигелер келип жумыс ислейди. Сонлықтан да, оған «халықаралық» статусы берилген. Усы орында соны да айтып өтиў керек, институт бүгинги күнде 10 ға жақын раўажланған мәмлекетлердиң жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиўди жолға қойған.
Ҳеш кимге сыр емес, ҳәзирги күндеги коронавирус пандемиясының глобал жағдайы пүткил дүнья жүзи мәмлекетлерин қәўетерге салмақта. Алдын илимде жоқ болған бул кеселикке қарсы гүресиў ушын пүткил адамзат бирлескен. Бул пандемия медицина тараўындағы жумысларды еле де жеделлестириўди талап етти. Сонлықтан да, мәмлекетимиз басшысы тараўға байланыслы избе-из еки қарарға қол қойды. 2020-жыл 7-апрельде Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-4666 санлы «Медициналық санитария тараўында кадрларды таярлаў ҳәм үзликсиз кәсиплик раўажландырыўдың түпкиликли жаңа системасын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Оған муўапық, Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2020/2021-оқыў жылынан баслап, 47 медициналық колледжлердин Абу Али ибн Сина жәмийетлик саламатлық техникумлары етип қайта шөлкемлестирилмекте. Бул техникумларға Абу Али ибн Сина атының берилиўи, бизиң миллий медицина кадрлар системасы жаңа тарийхый жағдайда раўажланып атырғанлығынан дәрек береди. Себеби, Абу Али ибн Сина буннан 1000 жыл бурын медицинаның раўажланыў системасын енгизип, бул системаны раўажланған Европа мәмлекетлери қолланған, яғный 500 жылдан берли «Авиценна мектеби» усылы менен ислеп келмекте.
Бул техникумларда тереңлестирилген түрде оқытылатуғын жаңа бағдардағы 9 пән енгизилмекте. Атап айтатуғын болсақ «нутрициология», «кинезология», «валеология», «диетология» ҳәм т.б. Бул пәнлердиң әҳмийети сонда, халық арасында медициналық мәдениятты арттырыў, өзлериниң саламатлығын беккемлеў ҳәм денсаўлығына жуўапкершилигин арттырыў болып табылады. Сондай-ақ, усы техникумды питкергеннен соң жоқары медициналық оқыў орынларына сәўбетлесиў арқалы имтихансыз, өзи оқыған бағдардың 2-курсына қабыл етиледи, әлбетте, буның барлығы ҳүрметли Президентимиздиң жасларға деген үлкен аталарша ғамхорлығы.
Сондай-ақ, 2020-жылдың 10-апрель сәнесинде «Өзбекстан Республикасында халық медицинасын раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди. Әлбетте, халықтың саламатлығын тәмийинлеў, медициналық-санитариялық жәрдем көрсетиў, түрли кеселликлер профилактикасында ҳәм оларды емлеўде сапа ҳәм қәўипсизлик тәрепинен әмелде сыналған халық медицинасы әҳмийетли орын ийелейди. Қарарда көрсетилгенниндей, халық медицинасын кеселликлер профилактикасы, диагноз қойыў ҳәм емлеў бойынша нәтийжели усылларды заманагөй медицина әмелиятына жедел интеграциялаў, пуқаралар саламатлығын және де беккемлеў, бул тараўда қәнигелер таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў ҳәмде илимий-изертлеў жумысларын алып барыў, әлбетте, ҳәр қандай кеселликти емлеўге имкан жаратады. Себеби, уллы бабамыз болған Абу Али ибн Сина заманында да адамлар өз дәртине шыпа тапқан. Сол ўақытлары да, ҳәзиргидей тәбият, ҳәзиргидей өсимликлер бар еди. Бирақ, бүгингидей шараят, бүгингидей медицина болмаған. Сол дәўирлерден мәлим бизиң тәбиятымыздағы өсимликлер шыпалық қәсийетке бай. Сонлықтан да, бул қарар уллы бабамыздың даўамшыларын жетилистирип шығарыўға үлес қосыўы менен де әҳмийетли.
Бул қабыл етилген қарарлар медицина тараўындағы машқалаларды унамлы шешиў жолындағы әҳмийетли қәдем болды. Тараўда әмелге асрылып атырған бул реформаларды бир сөз бенен жаңа Өзбекстан тәжирийбесиниң басланыўы деп билемиз.

О.А.Атаниязова,
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзасы, ТашПМИ Нокис филиалы директоры.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

Уқсас жаңалықлар

Көп балалы шаңарақ деп қандай шаңараққа айтылады?

Көп балалы шаңарақ деп қандай шаңараққа айтылады?

    Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 41-статьясына муўапық, төрт ҳәм оннан көп он сегиз жасқа толмаған баласы

Наўқасқа тез медициналық жәрдем көрсетпеген шыпакерлерге жуўапкершилик бар

Наўқасқа тез медициналық жәрдем көрсетпеген шыпакерлерге жуўапкершилик бар

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 591-статьясына бола, өмири яки денсаўлығы ушын қәўипли жағдайда болған шахсқа медицина

Бала пулын алып атырған шаңарақта балалардың саны көбейсе не болады?

Бала пулын алып атырған шаңарақта балалардың саны көбейсе не болады?

    Министрлер Кеңесиниң 654-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, – Балалар напақасы тайынланған шаңарақта балалар саны