Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.05.2020 18:16
  • 1031

Өзбекстанлы жаслар Қазақстанның көбирек қайсы жоқары оқыў орынларында билим алмақта? Қоңсылас мәмлекет ЖООлары ҳаққында

Өзбекстанлы жаслар Қазақстанның көбирек қайсы жоқары оқыў орынларында билим алмақта? Қоңсылас мәмлекет ЖООлары ҳаққында
Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, Қазақстан Республикасында ҳәзирги ўақытта 132 жоқары оқыў орны ҳәм олардың филиаллары жумыс алып бармақта. Солардан 10 миллий университет, 35 мәмлекетлик, 59 жеке меншик, 15 акционерлик, 13 әскерийлестирилген жоқары оқыў орынлары болып есапланады. Бул ҳаққында ӨзР Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы баслығының орынбасары Ф.Мадрахимова жазбақта.

Қазақстан Республикасындағы жоқары оқыў орынлары арасында 8 университет халықаралық тән алынған шөлкемлердиң жоқары оқыў орынлары рейтинглеринде биринши 1000лыққа кирген. Олар:

- Қазақстан миллий университети (236-орын);
- Евразия миллий университети (336-орын);
- Қазақстан миллий техникалық университети (411-420-орын);
- Қазақстан миллий педагогикалық университети (491-500-орын);
- Қубла Қазақстан мәмлекетлик университети (501-550-орын);
- Қарағанда мәмлекетлик университети (651-700-орын);
- Қазақстан-Британия техникалық университети (651-700-орын);
- Қазақстан халықаралық қатнасықлар ҳәм жәҳән тиллери университети (801-1000-орын).

Бул жоқары оқыў орынларының көпшилигинде билим бериў сапасы жоқары екенлигин көриў мүмкин.

Республикамыз пуқаралары Қазақстандағы 40 қа шамалас жоқары оқыў орынларында оқып, билим алған ҳәм өткен жыллар даўамында ҳүжжетлерин тән алыў бойынша мүрәжат еткен.

Өзбекстанлы жаслар ең көп оқып атырған Қазақстандағы жоқары оқыў орынларының қатарына төмендегилер киреди:

- Қубла Қазақстан мәмлекетлик университети (38,71%);
- Халықаралық Қазақ-Түрк университети (8,39%);
- Аймақлық социаллық-гуманитарлық университети (5,75%);
- Тараз мәмлекетлик университети (4,89%);
- Қазақстан инженерлик-педагогикалық халықлар дослығы университети (4,56%);
- Қубла Қазақстан мәмлекетлик педагогикалық университети (4,43%);
- Қубла Қазақстан мәмлекетлик медициналық академиясы (3,24%);
- Сырдәрья университети (2,44%);
- Қазақстан миллий университети (1,25%).

Феруза Мадрахимованың жазыўынша, Қазақстандағы айырым рейтинг көрсеткиши жоқары болған жоқары оқыў орынлары тәрепинен жасларды имтихансыз қабыллаў ҳәм оқыўын аралықтан шөлкемлестириў және буны «сыртқы» деп атаў арқалы адамларды шалғытыў жағдайлары бақланбақта. Буның нәтийжесинде болса билимлендириўдиң сапасы тәмийинленбей қалып атыр.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...