Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.05.2020 15:55
  • 958

Жаңа редакциядағы «Билимлендириў ҳаққында»ғы нызамдағы ең әҳмийетли өзгерислер қандай?

Жаңа редакциядағы «Билимлендириў ҳаққында»ғы нызамдағы ең әҳмийетли өзгерислер қандай?
Күни кеше, 19-май күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасы тәрепинен «Билимлендириў ҳаққында»ғы нызам жаңа редакцияда қабыл етилди.

«Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетиниң баслығы, Олий Мажлис депутаты Акмал Бурхонов нызамдағы ең әҳмийетли өзгерислерди атап өтти.

Олар:

- Нызамға билимлендириў ҳәм тәрбияға миллий және улыўма инсаныйлық қәдириятлардың сиңдирилгенлиги принципи киргизилмекте;

- 11 жыллық билимлендириўдиң және 6 жастан 7 жасқа шекемги болған балаларды бир жыл даўамында улыўмалық орта билимлендириўге таярлаўдың мәжбүрийлиги орнатылмақта;

- Мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлери тәрепинен улыўмалық орта ҳәм орта арнаўлы билимлендириўдиң әмелге асырылыўы мүмкинлиги беккемленбекте;

Билим алыўдың төмендеги түрлери белгиленбекте:

- өндиристен ажыралған ҳалда билим алыў (күндизги);
- өндиристен ажыралмаған ҳалда билим алыў (сыртқы, кешки, аралықтан, дуал);
- шаңарақта билим алыў ҳәм өз бетинше билим алыў;
- ересек жастағыларды оқытыў ҳәм оларға билим бериў;
- қорғаныў, қәўипсизлик ҳәм ҳуқық қорғаў жумыслары тараўында кадрлар таярлаў;
- инклюзивлик билимлендириў;
- экстернат тәртибинде билим алыў.

- Улыўмалық орта ҳәм орта арнаўлы билимлендириў шөлкемлериниң классларында билим алыўшылар саны 35 адамнан артып кетпеўи белгиленбекте;

- Бакалавриат бағдарында билим алыўдың даўамлылығы кеминде 3 жыл, магистратурада болса кеминде 1 жыл етип белгиленбекте;

- Шаңарақта билим алған ҳәм өз бетинше билим алған адамларға мәмлекет тәрепинен тастыйықланған үлгидеги билимлендириў ҳаққындағы ҳүжжет берилиўи мүмкинлиги белгиленбекте;

- Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының билимлендириў сапасы ҳәм дәрежесине, сондай-ақ, педагог хызметкерлердиң кәсиплик хызметине болған мәмлекетлик талапларға әмел етиўи менен байланыслы ўәкилликлери бийкар етилмекте;

- Билимлендириў шөлкемлеринде сиясий партиялардың структураларын шөлкемлестириў қадаған етилмекте;

- Сырт еллер ҳәм Өзбекстан жоқары билимлендириў шөлкемлери арасында дүзилген шәртнама тийкарында олардың питкериўшилерине еки тәреплеме диплом (Double Diploma) берилиўи мүмкинлиги белгиленбекте.

Сондай-ақ, нызам тийкарында билимлендириў шөлкемлеринде оқып атырғанлардың кийим-кеншегине байланыслы талаплар қойылыўы мүмкинлиги белгиленбекте.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы