Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.06.2020 17:07
  • 2292

Ҳәпте соңында қарақалпақстанлылар әжайып тәбият ҳәдийсесин бақлаўы мүмкин болады

Ҳәпте соңында қарақалпақстанлылар әжайып тәбият ҳәдийсесин бақлаўы мүмкин болады
Усы жылдың 21-июнь күни Жер жүзиниң халқы қызықлы астономиялық ҳәдийселердиң бири – Шеңбер тәризли қуяш тутылыўын бақлаўы мүмкин.

Бул тутылыў толық түрдеги Шеңбер тәризли тутылыў болып, тутылыўдың толық фазасында қуяш бетиниң 99,4 процентин қурайды. Қуяш тутылыўы толық фазасының даўамлылығы 38 секундқа тең болады. Бул ҳаққында Өзбекстан Илимлер академиясының Астрономия институты хабар берди.

Бул астрономиялық ҳәдийсени Африка, Арабстан ярым атаўы, Евразия, Япон ҳәм Малай архипелагы және Австралия аймақларында жайласқан 111 мәмлекетте бақлаў мүмкин. Усы мәмлекетлерден 14 мәмлекетте толық түрдеги Шеңбер тәризли қуяш тутылыўын бақлаў имканияты бар.

Өзбекстан Республикасының барлық аймақларында Қуяш тутылыўы үлесли түрде бақланады.
Ҳәпте соңында қарақалпақстанлылар әжайып тәбият ҳәдийсесин бақлаўы мүмкин болады
Қуяш тутылыўы ең үлкен нәтийжеге ерискен ўақытта Қарақалпақстан Республикасында қуяш бетиниң 39 процентинен 50 процентине шекемги болған бөлеги Ай тәрепинен тосып қойылады.
Ҳәпте соңында қарақалпақстанлылар әжайып тәбият ҳәдийсесин бақлаўы мүмкин болады

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...