Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.06.2020 09:57
  • 1027

16 жасқа толған, бирақ паспорт алмаған мектеп питкериўшилери жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсыра алмайды. Не ушын?

16 жасқа толған, бирақ паспорт алмаған мектеп питкериўшилери жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсыра алмайды. Не ушын?
Быйыл жоқары оқыў орынларына ҳүжжетлерди қабыллаў онлайн тәризде Мәмлекетлик тест орайы ҳәм Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы әмелге асырылады. Бул онлайн қабыллаў системасы абитуриентлердиң пуқаралық паспортындағы физикалық тәреплердиң идентификациялық номери (ПиНФЛ) менен байланыстырылады. Сол себептен, жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырғанда 16 жасқа толған питкериўшилер паспорт алыўы шәрт болып табылады.

ӨзР Халық билимлендириў министрлигиниң мәлим етиўинше, елимизде карантин шеклеўлери енгизилгени себепли пуқаралық жасына (16 жас) жеткен 41 000 нан аслам питкериўшилер пуқаралық паспортын өз ўақтында алыў имканиятына ийе болмаған.

Сонлықтан, министрлик питкериўши жаслар ҳәм олардың ата-аналарына жоқары оқыў орынларына ҳүжжетлерди қабыл етиўде 16 жасқа толған питкериўшилердиң паспорт алыўы зәрүр екенлигин ескерте отырып, бул мәселеде Ишки ислер уйымларының миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў басқармаларына мүрәжат етиўди сорайды.

Еслетип өтемиз, жоқары оқыў орынларына қабыллаў процесслери усы жылдың 20-июнь күнинен баслап 20-июль сәнесине (сол күни де) шекем даўам етеди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған