Telegram karinform

Спорт

  • 12.12.2017 16:29
  • 2392

Футбол дербилери қандай гүреслер нәтийжесинде келип шыққан? (1-бөлим)

Ҳәзирги ўақытта футболға ойын емес, өмириниң мазмуны сыпатында қарайтуғын инсанлар көпшилик. Оны финанслық аўҳалы, сиясий ямаса диний исенимине қарамастан кең жәмийетшилик бирдей жақсы көреди. Спорт болғанлықтан бул ойында да бәсекилеслик, жеңиске деген умтылыўшылық болады. Бундай өзгешеликлер тек ғана майданда топ теўип атырған футболшылар емес, оларды қоллап-қуўатлайтуғын ықласбентлер арасында да бар. Көпшилик мәмлекетлерде адамлар бир-бири менен танысқанда «Қайсы клуб ықласбентисең?» - деп сорайды. Дүньяда биринши номерли спортқа айланған футбол ертеректе пайда болғаны менен, оның жедел раўажланыўы XIX әсирге туўра келеди. Сол ўақыттан баслап ойынның тийкарғы қағыйдалары ислеп шығылып, өз алдына дәстүрлери ҳәм терминлери қәлиплесе баслады. Футболға байланыслы усындай терминлердиң бири «дерби» деп аталады. Бул термин бир аймақтың ямаса бир қаланың еки командасы ойнайтуғын ойынға қатнаслы қолланылады. Дербидиң өзгешелиги сонда, оны ойыншылар да, тамашагөйлер де асыға күтеди. Дербиде жеңип шығыў басқа ойынлардағы жеңиске қарағанда заўықлы болады. Ал жеңилиў – барлығынан да аўыр. Бүгин пүткил дүнья жәмийетшилиги қызығып тамашалайтуғын дербилер ҳаққында жазыўды мақул деп таптық.

«Мерсисайд дербиси» ямаса «Ливерпуль дербиси»



Ливерпуль қаласының ең күшли еки клубы – «Эвертон» ҳәм «Ливерпуль» арасындағы бул гүрестиң тарийхы XIX әсирдиң 90-жылларынан басланады. Сол ўақытлары Англия сиясатшыларының кең жәмийетшилик арасында абырай арттырып киятырған футбол арқалы сайлаўшыларға тәсир етиў усылын жақсы түсинип, ҳәр қыйлы клублардың жумысларына араласа баслаған ўақытлары еди. Усындай клублардың ишинде 1878-жылы дүзилген «Эвертон» да бар еди. «Көклер» деген лақабы бар клуб сол гезлери үй ойынларын «Энфилд» стадионында өткерген. Бирақ, арадан бираз ўақыт өтип басшылар арасында сиясий ҳәм басқа да себеплерге байланыслы келиспеўшиликлер жүзеге келеди. Нәтийжеде 1892-жылы Джордж Махон басшылығындағы либераллар «Эвертон»ды өз қәўендерлигине алып, клубты «Гудисон Парк» стадионына көширеди. Ал, клуб басшылығынан кетсе де «Энфилд»ке ийелик етип турған консерватор Джон Хоулдинг өз атынан жаңа клуб дүзеди. Ол клубқа «Ливерпуль» деген ат қояды. Усылайынша бир қалада еки клуб пайда болып, олардың басшылары арасындағы сиясий гүрес футбол майданына көшеди. Еки клубтың дәслепки ойыны 1894-жылы 13-октябрьде болып өтти. «Гудисон Парк»та болып өткен ойынға 44 000 адам топланып, майдан ийелери бул дербидеги өзлериниң дәслепки жеңисин қолға киргизеди. Соннан берли «Ливерпуль» менен «Эвертон» өз ара 228 ойын өткерип, оның 91 ойынында «Қызыллар», 66 ойынында «Көклер» жеңиске ерискен, 71 матчта күшлер өз ара тең келген.

«Мадрид дербиси»



Дүнья жәмийетшилиги «Реал Мадрид»тиң ең тийкарғы бәсекилеси «Барселона» деп есапласа да, бул еки клуб арасындағы ойын «дерби» бола алмайды. Корольлық клубтың каталониялылардан басқа және бир әзелий қарсыласы бар – «Атлетико Мадрид». «Мадрид дербиси» атамасы Испания пайтахтынан шыққан усы еки команданың ойынына қарата қолланылады. Бул еки команда да дерлик бир ўақытта өз жумысын баслаған болып, дәслепки өз ара ойын 1906-жылы болып өткен. Олардың ықласбентлери социаллық жағдайына қарай бөлинеди. «Реал»ды көбирек орта ҳәм жоқары қатлам ўәкиллери қоллап-қуўатлайды. Бул клубтың стадионы да қаланың қурғын жасайтуғын арқа тәрепинде жайласқан. Ал «Атлетико»ны жумысшы қатлам ўәкиллери қоллап-қуўатлайды. Клубтың стадионы қаланың қубла тәрепинде жайласқан. Усы ўақытқа шекем «Мадрид дербиси»нде 280 ойын ойналып, оның 63 ойыны өз ара тең есапта жуўмақланған. 147 ойында «Реал», 70 ойында «Атлетико» жеңиске ерискен. Көринип турғанындай, өз ара бәсекиде корольлық клубтың салмағы басым болып тур. Деген менен, Мадридтиң қубла тәрепинде жасайтуғын қарапайым халық ушын бул ҳешқандай трагедия емес. Олар өз клубларына бәрқулла садық қалып, «Атлетико»ның көшесинде де байрамлар көп болатуғынлығына исенеди.

Даўамы бар...

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

    Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Өзбекстанда жетекши исбилермен ҳаяллардан ибарат Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Бул

Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

        Өзбекстан миллий сайланды командасы ҳәм «Манчестер Сити» клубы қорғаўшысы Абдуқодир Ҳусановтың баҳасы 35 миллион евроға

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытай ҳүкимети туўылыў дәрежесин арттырыў мақсетинде финанслық төлемлер ҳәм аналарға бийпул сүт бериў арқалы хошаметлеў илажларын...