Telegram karinform

Спорт

  • 15.12.2017 16:02
  • 2038

Футбол дербилери қандай гүреслер нәтийжесинде келип шыққан? (2-бөлим)

«Каталония дербиси» ямаса «Барселона дербиси»

Футбол дербилери қандай гүреслер нәтийжесинде келип шыққан? (2-бөлим)

Испаниядан бөлинип, ғәрезсизлик алыўды мақсет еткен Каталонияның да өз дербиси бар. Яғный, автономиялық мәмлекеттиң пайтахты Барселонадан шыққан «Барселона» ҳәм «Эпаньол» арасындағы өз ара бәсеки футболда «Каталония дербиси» ямаса «Барселона дербиси» деп аталады. Бул еки клубтың бир-бирине деген өшпенлилиги бар. Олардың ықласбентлери де мәмлекеттеги сиясий жағдайға бола екиге бөлинген. 1899-жылы дүзилген «Барселона»ны тийкарынан Каталонияның ғәрезсизлигин әрман ететуғын адамлар қоллап-қуўатласа, 1900-жылы шөлкемлестирилген «Эспаньол»ды, керисинше, Испания ийелигиниң тәрептарлары болған адамлар қоллап-қуўатлайды. «Espanyol» сөзи де «Испаниялы» деген мәнисти билдиреди. Еки клуб әтирапындағы сиясий гүреслер нәтийжесинде олар арасындағы ойынлар шийеленискен қарама-қарсылықларға да алып келген ўақытлар болды. Еки команда дәслепки мәрте 1900-жылдың 23-декабринде өз ара беллескен. 1929-жылдан баслап есаплағанда олар өз ара 157 ойын өткерген. Оның 34 инде тәреплер өз ара тең ойнаған. 89 ойында «Барселона», 34 ойында «Эспаньол» жеңиске ерискен.

«Пайтахт дербиси» ямаса «Рим дербиси»

Футбол дербилери қандай гүреслер нәтийжесинде келип шыққан? (2-бөлим)

Италия пайтахтынан шыққан еки клуб – «Лацио» менен «Рома» арасындағы қарама-қарсылық өткен әсирдиң дәслепки ярымында басланған. Италияда фашистлик режим орнағаннан соң бул елдеги майда клублар бириктириле басланды. Бул үлкен қалалардағы майда клубларды бир орайға бириктириў ҳәм ықласбентлерди бөлмей, бир клуб әтирапына топлаў ушын жүргизилген сиясат еди. Нәтийжеде 1927-жылы Римде «Роман», «Альба-Аудаче» ҳәм «Фортитуда-Про Рома» командалары бириктирилип, «Рома» клубы дүзилди. Солай болса да, басшыларының сиясий күшлер менен орнатқан байланысларының арқасында усындай бириктириўлерди айланып өткен клублар да жоқ емес еди. Солардың бири – римли «Лацио» футбол клубы болды. «Рома» дүзилгеннен соң еки клубтың «Мәңги қала»дағы үстемлик ушын гүреси басланды. «Қасқырлар»ды («Рома» клубын усылай да атайды, «Lupi») тийкарынан қала орайындағы турғынлар, ал «Питкериўшилер»ди («Лацио»ны усылай да атайды, «Aquilotti») қаланың әтирапында жасайтуғын пуқаралар ҳәм фашистлик режим тәрептарлары қоллап-қуўатлайтуғын еди. Өкинишли тәрепи сонда, фашистлик режим өз изин қалдырмай қоймады. Бул клублар арасындағы ойынларда елеге шекем фашистлик ҳәм нацистлик белгилер ушырасып турады. «Рома» ҳәм «Лацио» арасындағы дәслепки ойын 1929-жылы болып өткен. Соннан берли 184 ойын болып өткен болып, оның 69 ойынында «Рома», 52 ойынында «Лацио» жеңип шыққан, 63 ойында жеңимпаз анықланбаған.

«Мадонна дербиси» ямаса «Милан дербиси»

Футбол дербилери қандай гүреслер нәтийжесинде келип шыққан? (2-бөлим)

Милан қаласынан шыққан «Милан» ҳәм «Интер» клубларының арасындағы бәсеки абырайы жағынан «Рим дербиси»нен қалыспайды. Европадағы ең жақсы бириншиликте ойын алып баратуғын бул еки клуб та абырайы жағынан тең. Сол себепли, олар арасындағы өз ара ойынлар оғада қызықлы өтеди. Клублардың тарийхына нәзер аўдарсақ, «Милан» клубы дәслеп шөлкемлестирилген. Арадан 9 жыл өтип клуб ишиндеги жәнжелден соң Джорджо Муджианидиң басшылығында бир топар ойыншылар «Милан»нан бөлинип шығып, «Интернационале» (қысқаша етип «Интер») командасының тийкарын салады. Солай етип, команда ишиндеги өз ара жәнжел майдандағы бәсекиге айланады. Ал еки клубтың ықласбентлери басқа дербилердеги сыяқлы социаллық жағдайына қарай бөлинген. «Милан»ды әзелден мәмлекеттиң қубла тәрепинен келген мийнет мигрантлары менен жумысшылар қоллап-қуўатлап келген. Ал «Интер»ди болса қаланың бай ҳәм қурғын хожалықлары қоллайды. Бүгинги күнге шекем бул командалардың өз ара ойынында спортлық бәсекиден бөлек, социаллық қарама-қарсылықлар бақланып турады. Ықласбентлердиң қарсыласларына қойған лақаплары да пикиримизди дәлиллейди. «Интер»диң ықласбентлери «Милан» фанатларын «Ериншек» («Casciavìt») деп атаса, олар «Интер» фанатларын «Мақтаншақ» («Bauscia») деп атайды. Еки команда 1910-жылдан берли өз ара 218 ойын өткерип, оның 77 синде «Интер», 75 инде «Милан» жеңип шыққан. 66 ойын теңдей есапта жуўмақланған. Ең қызықлы тәрепи сонда, бул еки клуб үй ойынларын бир стадионда – «Джузеппе Меацца» (бурынғы аты «Сан-Сиро») стадионында өткереди. Атақлы ойыншы Джузеппе Меацца өз ўақтына «Интер» клубында ойнағанлықтан «Милан»ның ышқыпазлары стадионды бурынғы аты менен «Сан-Сиро» деп атайды.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

    Көк чайды турақлы түрде ишетуғын адамлар бүйрек кеселликлери, бас аўырыўы, жүрек қан-тамыр кеселликлеринен кемнен-кем  шикаят

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

    Ҳүкиметтиң 145-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў төмендеги түрлерде әмелге