Мектеп – муқаддес. Онда мәмлекетимиздиң келешеги тәрбияланып атыр. Оларға илим ҳәм билим бериў менен қатар дөретиўшилик қәбилетин жетилистириў де әҳмийетли. Китап пенен дос болыў, дөртетиўшилик пенен шуғылланыўда әдебий кешелердиң ҳәм ушырасыўлардың орны үлкен.Дөретиўшилик ҳаққында сәўбетлескенимизде Қарақалпақстан телеканалы көрсетиўлери туўралы да оқыўшылар менен пикирлесемиз. Телеканал көрсетиўлери оқыўшыларымыздың зейинли, уқыплы ҳәм талантлы болып жетилисиўинде айтарлықтай орны бар. Оқыўшылардың журналист кәсибине болған қызығыўшылықларын инабатқа алып, журналист ҳәм шайыр Алтынгүл Өтениязованы мектебимизге ушырасыўға мирәт еттик.
Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен журналист, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери Алтынгул Өтениязова кең жәмийетшиликке журналист, шайыр сыпатында белгили. «Айқулақ», «Арамыздағы әпсаналар», «Ата мәкан сағынышы», «Қәлбимдеги қосықлар» көрсетиўлерин таярлап, бирнеше жыллардан берли телетамашагөйлер алғысларына миясар болып киятыр.
Оның дөретиўшилиги әдебият пенен байланыслы. Балаларға арналған «Умытшақ», «Қыз күнделиги» гүрриңлер топламлары, «Жүреклерде бар бол, муҳаббат», «Жақсылыққа тәжим», «Айқулақ» поэзиялық топламлары, «Аңлаттың маған» атлы таңламалы шығармалары китап болып жарық көрген.
А.Өтениязова драматургия бағдарында да қәлеми ысылған талант ийеси. Оның «Қызың – ар-намысың» атлы музыкалық драмасы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры сахнасында қойылған. «Арзыўлы жоллар» телесериалы болса Қарақалпақстан телеканалында, 96 бөлимнен ибарат «Тырналар киятыр» атлы радиосериалы «Нөкис ФМ» радиосы арқалы тамашагөйлер нәзерине усынылды ҳәм жоқары баҳаланғаны ушырасыўда айтылды.
Мектебимизде өткерилген илажға Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети журналистика кафедрасы доценти, филология илимлери кандидаты Зияда Қожықбаева, «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы районлық Кеңеси баслығы Зухра Тәжихожаева, Республикалық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими бас кәнигеси Гүлназ Реймовалар қатнасты. Олар Алтынгүл Өтениязованың дөретиўшилиги, искерлиги ҳәм жан күйерлиги туўралы айтып берди.
Мектеп оқыўшылары тәрепинен берилген сораўлар ҳәм оқып берилген қосықлар арқалы шайыр дөретиўшилиги және де ашылды. Әсиресе. оның нама қосықларының атқарылыўы болса кешеге айрықша пайыз берди ҳәм жыйналғанларда үлкен тәсир қалдырды.
Дөретиўши инсанның өмири ҳәм дөретпелери жәмийетке, әтираптағылардың пикирлеў дүньясына тәсир жасайды, өмир, адамлар ортасында мүнәсибет, дослық, адамгершилик, жақсылық туўралы түсинигиниң қәлиплесиўине жәрдем береди, басқаларға итибарлы ҳәм мийримли болыўға баслайды. Шайыр ҳәм журналист Алтынгүл Өтениязова менен өткерилген кешеден кейин усындай пикирге келдим. Ал оқыўшыларымның алған тәсирлери өз алдына.
- Китаптан алған билимге қарағанда автор менен жүзбе-жүз ушырасыўдың парқы бар екен, - дейди А.Алиева. – Шайырдың «Қарақалпақ қызыман» қосығын оқығанда миллий кийимдеги қыз көз алдыма келген еди. Бүгин болса, илимли, билимли, өз елин, халқын шын кеўлинен сүйетуғын инсан менен ушырастық. Енди мен де журналист болсам керек.
- Мен де журналист болмақшыман. Ел, халқыма хызмет етиўди қәлеймен. Бул пикирлер ушырасыў кешесине жыйналғанлардың кеўлинен өткен болса тәжип емес.
Оқыўшыладың жан дүньясын байытыўда, өзине кәсип таңлаўда, пикирлеў қәбилетин жетилистириўде, дүньятанымын және де байытыўда әдебияттың, мәденияттың тәсири күшли. Сонлықтан да, дөретиўши инсанлар менен өткерилген ушырасыўлардан гөзленген мақсет келешек әўладты кәмилликке тәрбиялаў.
Айбек Қожықбаев,
Тақыятас районлық 1-санлы улыўма билим бериў мектебиниң қарақалпақ тили муғаллими.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz