Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.05.2020 15:09
  • 1045

«Аққан жулдыз» естелиги ямаса 40 жыл улын күткен ана

«Аққан жулдыз» естелиги ямаса 40 жыл улын күткен ана
Мойнақтың тийкарғы визит қағазы, бул әлбетте, кемелер қәбирстаны саналады. Бул жер бурын теңиз порты болған. Урыс жылларында усы портқа Өзбекстанның бәрше аймақларынан әскерлер Әмиўдәрья арқалы келип, усы жерден теңиз корабллерине шығып, Қазақстанның Арал қаласына барған, оннан арғы жағына, фронтқа поездлерде ҳәм басқа транспортларда алып кетилген. Усы ески порт орнындағы ушы аспанға қарап турған естелик бар. Ҳәзирде усы естелик теңиз ҳәм портты еслетиўши естелик сыпатында қаралады. Ол алдын Екинши жержүзилик урыста шейит болған әскерлер естелигине бағышлап қурылған ҳәм ол «Аққан жулдыз» деп аталған.
Усы естеликтиң қурылыўына себеп болған өте тәсирли ўақыяны мойнақшылар жүдә жақсы еслейди. Бул ўақыя төмендегише:
1941-жылда урыс басланып, Мойнақта бир үйден әке ҳәм жалғыз баласы бирге фронтқа шақырылады. Үйде Ақсары атлы ана жалғыз қалады. Көп өтпей фронттан әкениң өлими ҳаққында қара қағаз келеди. Бирақ баласы сол кеткеннен мол кетеди. Көрдим-билдим деген адам болмайды.
Урыс тамам болады. Фронтқа кеткенлерден кимдур шолақ, кимдур саў ҳалында қайта баслайды. Қайтпағанлардың болса урыста бир жерлерде жан бергенлиги ҳаққындағы хабарлар шығып турады. Бирақ Ақсары ананың баласынан дерек болмайды.
Ана ҳәр күни почта күтеди, ҳәр күни киятырған кемени күтип алыўға шығады. Бирак жалғыз перзентинен хабар жоқ. Ана урыс тамам болған жылдан баслап ҳәр күни усы портқа келип, саатлап перзенти кеткен жолға телмирип отырыўды әдетке айландырады. Арадан жыллар өтеди…
70-жылдың орталарына келип теңиз тартылып кете баслайды ҳәм порттың орнын өзгертиў керек болады. 30 жылдан артық ўақыт даўамында баласын усы жерде күтип киятырған ана «портты көширмең» деп жалынып жылайды.
«Балам урысқа усы жолдан кеткен. Келсе, енди тек усы жолдан қайтады», - деп портты көширмекши болғанлардың етегине асылып, жалынып, зар жылайды.
«Апа, енди теңиз жоқ. Кемелер қатнамайды. Балаңыз қайтса, машинада ямаса самолётте келиўи мүмкин, бирақ теңиз жолы менен емес»,-дейди.
«Яқ, түсинбей атырсыз. Мениң балам еле жас. Ол өз үйин тек усы жол арқалы ғана таўып келе алады. Ол Мойнақтан басқа жерди билмейди, тек теңизге шығып көрген. Келсе, тек теңиз жолы менен келеди. Болмаса, ол үйди қалай табады?...»
-Мен 1978-жылы Алматыға оқыўға кетип баратырған ўақтымда Ақсары ананың усы портқа қарай баратырғанын ақырғы мәрте көрдим, - деп еслейди мойнақшы Ханымай апа. – 1983-жылы оқыўды тамамлап келдим, бирақ кейин ол кисини көрмедим.
- Мойнақ районында жуўапкерли жумысларда көп жыллар бойы хызмет еткен Әбдикерим Тилеўов деген киси 40 жыл баласын күткен ананың тәғдиринен қатты тәсирленип, урысқа кетип қайтып келмеген әскерлер естелигине бағышлап, «Аққан жулдыз» монументин орнатыў усынысын алға сүрген еди, - дейди экскурсовод-илимпаз Октябрь Доспанов.
Бул ўақыяны қуры еслемедик. Мойнақта бүгинги күнде естелик объектлер пайда етиўге шын жүректен кирисилген. «Муңлы ана» ҳәйкели қәд тикледи. Ески кемелер жыйналған орын «Кемелер музейи» сыпатында қайта оңланды.
Район орталығында дерлик ҳәр күни жаңалықлар жүз берип атыр, солардың ишинде естелик объектлери де бар.

Есимқан Қанаатов, ӨзА.
Қаллы Айымбетов атындағы \"Халық даналығы\" фолькклубы ағзасы.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

Уқсас жаңалықлар

Еркеклер де, ҳаяллар да мүддетинен еки жыл алдын жасқа байланыслы пенсияға шығыўы мүмкин, егер...

Еркеклер де, ҳаяллар да мүддетинен еки жыл алдын жасқа байланыслы пенсияға шығыўы мүмкин, егер...

    «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы нызамның 14-статьясына бола, технологиядағы, ислеп шығарыў ҳәм мийнетти шөлкемлестириўдеги өзгерислер,

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

    Жынаят кодексиниң 139-статьясына тийкарланып, жала жабыў, яғный, билип турып басқа шахсты шерменде қылатуғын өтириклерди тарқатыў,

Еки ҳәм оннан көп 12 жасқа толмаған балалары болған ата-аналарға қосымша демалыс бериледи

Еки ҳәм оннан көп 12 жасқа толмаған балалары болған ата-аналарға қосымша демалыс бериледи

    Мийнет кодексиниң 401-статьясына тийкарланып, он еки жасқа толмаған еки ҳәм оннан артық баланың яки он