«Тынышлық сақшысы» газетасының 2009-жыл 30-май күнги 22-санында «Еситпеген елде көп» рубрикасы менен «Алтын тис болмағанда не болыпты...» атамасында мақала жәрияланды. Мақала Хожели районында бир ярым жасар қыз ҳаққында еди. Мақала менен жақыннан танысың. Соң сөзимизди және даўам етемиз.
«Алтын тис болмағанда не болыпты...» Хожели районының турғыны, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасында электромонтёр болып ислеўши Мырзамурат Төремуратов редакциямызға келип:
- Буннан еки ай бурын бир ярым жасар қызымның алдынғы тиси үстинен және тиске уқсас, реңи алтындай, кишкене металл нәрсенин шықканын көрип едим, ҳәзир сол металл әсте-әсте үлкейип, тап нағыз алтын тиске усап кетти,-деген еди.
Дәслеп, ол ҳәзиллесип атырған шығар деп, гәпине онша исенбедик. Себеби, оның қолында бул қубылысты дәлиллейтуғын я қыздың өзи, я сүўрети жоқ еди. Кейин ала оның:
- Исенбеўиңиз орынлы, егер үйге барып көрсеңиз, мениң гәпиме исенсеңиз керек,-дегени менен «Мың еситкеннен, бир мәрте көрген абзал» деп, қызды барып көрдик.
Расында да, адамды ҳайран қалдырғандай, қыздың үстинги жағының алдынғы тиси үстинен қосымша (сүўретте көрип турғаныңыздай) сойлақ тистей болып жылтыр, сары металл сыяқлы нәрсениң етти жарып шыққанының гүўасы болдық. Кейин ала, бул сүўретти газетаға жәрияламастан алдын көп ойласып, бираз тартыстық та. Ақыр-ақыбет, бул қубылыс бойынша шыпакерлердиң де пикирин билиў мақсетинде, қыздың ата-анасына оны республикамызға белгили, тәжирийбели тис шыпакерине көрсетиў кереклигин айтқанымызда, ол бул усынысты мақуллағаннан соң, оны тис шыпакерлерине көрсетип, ҳәтте жақ тислери рентген сүўретке де түсирилди. Нәтийжеде, олар бул қубылыс бойынша «Жақ етине кирип кеткен басқа бир зат», яғный медицина тили менен, орысшалап айтқанда, «Инородное тело» деген жуўмаққа келди. Биз де шыпакерлердиң пикирлерин бийкарлай алмадық.
Деген менен, кишкене нәрестениң тис жағының етин жарып шыққан бул заттың шығысы тәбийғый, яки шыпакерлер айтқандай, «Инородное тело» болған жағдайда да, бул алтын сыяқлы сары металлдың әйне тиске уқсап шығып, сонша ўақыттан берли кишкене қыздың жағы менен оңысып, жара болмай турғаны кимди болса да таңландырса керек. Себеби, бундай қубылыс бурын-соңлы бизде ушыраспаған.
Ҳәзир кишкене бала туўе, ересек адамның-ақ тис етлерине ушқырлаў бир нәрсе кире қойса бар ма?... Яки, жағыңа сонша күш пенен пломбаланып салынған алтын, яки темир тислердиң жақ пенен онша оңыса алмай шырт етип түсип қалатуғыны ше?
P. S. Не болғанда да, 1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни алдынан биз кишкене бул нәрестеге, қала берсе, барлық балаларға да тек денсаўлық ҳәм жарқын келешек тилеп қаламыз.
Ө.ЕРМАНОВ,
журналист.Жоқарыда сөз етилген «Алтын тисли» кишкене қыз Гүлзаданың бүгинги күни, сол алтын тис ҳаққында қызықсынып оның әкеси Мырзамурат Төремуратовтан сорағанымызда: - Гүлзада бүгин 13 жаста, аяқ-ойын, қосық айтыўға қызығады, таңлаўларда қатнасып жақсы нәтийжелерге де жетисип жүр,-деди. Оның бир ярым жасар ўақтында сүт тислери менен қосылып шыққан сол «алтын тис» туўралы сорағанымызда, сары реңли алтын усаған домалақ «тис» 2 жасында өзи ақ түсип қалғанын, ол болса ҳақыйқатында да қатты алтын сыяқлы нәрсе екенин айтты.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz