Telegram karinform

Спорт

  • 19.08.2017 19:15
  • 2360

Футболкаларға номер қойыў қалай келип шыққан?

Футболкаларға номер қойыў қалай келип шыққан?

1928-жылы 13-октябрь күни Лондонның «Арсенал» ҳәм «Челси» командалары биринши мәрте номерлер түсирилген футболкаларды кийип ойнады. Ўақыттың өтиўи менен бул әдет басқа да клубларда бақлана баслады. 1950-жылға келип ФИФА ойынға номерленген футболкаларда шығыўды миннетли етип қойды. Дәслебинде номерлер майдандағы футболшылардың орналасыў тәртибине қарай берилген. Мәселен, дәрўазаман №1 номерин алса, шеп қанат қорғаўшысы №11 номердеги футболканы кийген. №12, №13 номердеги ойыншылар резервтеги ойыншылар болған.
Бул әдетти голландиялы белгили футболшы Йохан Кройф бузды. Ол ойынға өзине унаған номер менен шығатуғын болған – дәслепки ўақытлары №14, кейин ала №30 номердеги футболкада ойнаған.
1978-жылы Аргентина футболшыларының арасында номерге таласыў машқаласы келип шықты. Буны Менотти тоқтата алды. Ол футболшылардың атына ҳәм әлипбедеги ҳәриплердиң избе-излигине қарап номер бериўди енгизди. Мәселен, футболшының аты Алонсо болса, оған №1 номер берилген. Бирақ, бул әдет те көпке созылмады. 1982-жылы Марадона өзине №10 номердеги футболканы сайлап, бул әдетти тоқтатты.
Бүгинги күнде ФИФАның нызамына тийкар, футболшылар №1 ҳәм №99 номерлери арасынан өзине номер алыўы мүмкин.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.