Быйылғы тест сынақлары әдил өтеди! ЖОО ректорлары ўәде берди (видео)
Өзбекстандағы жоқары оқыў орынларының ректорлары абитуриентлер ҳәм олардың ата-аналарына мүрәжат жоллады. Мүрәжаттың тексти Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң баспасөз хызмети тәрепинен келтирилди, деп жазады Kun.uz. Ректорлар мүрәжатта тәлим-тәрбия жумысларын заманагөй талаплар тийкарында шөлкемлестириў, оған алдынғы инновациялық идеяларды алып кириў, жаслардың қәбилетлерин көрсете алыўы ушын жетерлише шараятларды жаратып бериў ҳәм парахорлық және дәмегөйликтиң алдын алыўға ўәде берген. «Ҳәр бир жумыста ҳадал ҳәм ҳүждан менен жол тутыў, жоқары оқыў орынларын шын мәнисиндеги ағартыўшылық ҳәм ҳадаллық орайына айландырыў, сондай-ақ, быйылғы қабыллаў процеслерин таза, әдил ҳәм ҳадал өткериўге ўәде беремиз. Бүгин өзиңиз ушын кәсип таңлап, оқыўға кириўге бел байладыңыз ба, өз билимиңизге, ақыл-ойыңызға ҳәм сизлерге усы шараятларды жаратып берген Президент исенимине мүнәсип болың ҳәм мүнәсип ис тутың. Кириў имтиханларына, тест сынақларына пуқта таярлық көрип, бул имтиханлардан өз билимиңиз бенен өтиўге бел байлаң», - деп айтылған мүрәжатта.
Сондай-ақ, мүрәжатта «Коррупция ҳаққында»ғы Нызамның тийисли бәнтлерине муўапық пара берген де, пара алған да нызам алдында теңдей жуўапкер болыўы ҳәм белгили жазаға тартылыўы еслетип өтилген. «Перзентиңизге жәрдем беремен десеңиз, орынсыз ҳәм жасырын ҳәрекетлерге жол қоймаң! Бул жолдағы орынсыз тасланған қәдем билсеңиз, күн өтип бир күни балаңыздың келешеги ушын қатты соққы болыўы мүмкин. Бир ҳақыйқатлықты умытпаң! Пара менен оқыўға кирген адам, пүткил өмири даўамында усы пулды қайтарып ислеп алыў ҳәрекетинде болады. Ол оқытыўшы бола ма яки шыпакер, жуўапкер шахс па ямаса әпиўайы хызметкер болыўына қарамастан алдына келген ҳәр бир инсанға «товар» сыпатында қарайды ҳәм оннан бәрқулла дәметеди. Дәмегөйлик пенен суўғарылатуғын кеўилде болса жақсылық болмайды. Дәмегөйлик ҳәм пара шынжырын қабыллаў процесиниң өзинде-ақ үзейик! Ол басқа қәйтип өсип шықпасын! Перзентлеримиздиң қолында шынжыр болып, оларды темир тор артына жетелемесин!», - делинген ата-аналарға.